Siyosat БЕЛСЕНДИ ЖАСЛАР МЕНЕН УШЫРАСЫЎ

БЕЛСЕНДИ ЖАСЛАР МЕНЕН УШЫРАСЫЎ

0
БЕЛСЕНДИ ЖАСЛАР МЕНЕН УШЫРАСЫЎ

Президентимиздиң 2019-жыл 27-декабрь күнги Муҳаммед ал-Хорезмий атындағы мәлимлеме технологиялары мектебинде өткерилген ушырасыўында 2020-жылы жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясатта кескин бурылыс жылы болады деп,  ҳәкимлер ҳәм жуўапкер басшылар жаслардың машқалалары менен танысып, ҳәр айда бир рет жергиликли Кеңеслердиң сессияларында оларды додалаўы, халық ўәкиллерине есабат бериўи зәрүр екенлиги атап өтилген еди.

Жылдың басланыўы менен мәмлекетимиз басшысы атап өткениндей, жаслар сиясатына үлкен кеўил бөлинип атыр.

Райондағы 17-санлы балалар музыка ҳәм көркем-өнер мектебинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң Мәсләҳәтшиси, Өзбекстан Республикасы Айрықша жағдайлар министри, генерал-лейтенант Т.Худайбергенов ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң баслығы, Өзбекстан Қаҳарманы М.Ерниязовтың Тахтакөпир районы ҳәм Қараөзек районының белсенди жаслары менен ушырасыўы болып өтти.

Ушырасыў барысында жаслардың бәнтлиги, олардың бос ўақтын мазмунлы өткериў, китапқумарлыққа бағдарлаў, билим алыўы, кәсип ийелеўи, талантлы жасларды қоллап-қуўатлаў, ҳәзирги күнде Арал теңизиниң қурыған ултанына шөлге шыдамлы егинлерди егиўде жаслардың қосып атырған үлеси ҳаққында сөз болды.

Сөзге шыққан районлардың белсенди жаслары өзлериниң елимиздиң гүллеп раўажланыўында, сондай-ақ Арал аймағын жасыл тоғайлықларға айландырыўда үлеслерин қосатуғынын, ҳәр қашанда қол-қанат болыўға таяр екенлигин билдирди. Сондай-ақ, жаслар өз пикир-усынысларын айтып өтти. Жаслардың усыныслары Президент мәсләҳәтшиси Т.Худайбергенов, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов тәрепинен қоллап-қуўатланды.

Ушырасыў соңында районның спорт тараўында жетискенликке ерискен жасларына саўғалар тапсырылды.

Гүлнара ДӘЎЛЕТИЯРОВА