Iqtisodiyot МҮРӘЖАТЛАР ОРЫНЛАНЫП АТЫР

МҮРӘЖАТЛАР ОРЫНЛАНЫП АТЫР

44
МҮРӘЖАТЛАР ОРЫНЛАНЫП АТЫР

Быйылғы жылымыздың атамасы «Халық пенен пикирлесиў ҳәм инсан мәплери жылы». Жылымыздың атамасы айтып турғанындай, тийисли орынларда халықтың дәрти тыңланып, талабы орынланыўы ушын мүмкиншиликлер жаратылған. Халық қабыллаўханалары хызметте. Ҳәптениң ҳәр бир пийшембиси «Профилактика күни» сыпатында халық пенен ҳәкимият, прокуратура, ишки ислер бөлими хызметкерлери ушырасыўлар өткерип, түсиник жумысларын алып барып атыр.

Алдыңғы ҳәптеде профилактика күни Мақпалкөлде өткерилген болса, өтип атырған ҳәптедеги профилактика күни райондағы қурылыс ҳәм транспорт кәсип-өнер колледжинде алып барылды.

Халық арасында тығыз болып, олардың мүрәжатлары тыңланып, ҳәр қыйлы түсиник жумыслары алып барылыўына қарамастан пуқаралар арасында жынаятлар саны еле азаймай атырғанына гүўа боламыз. Жынаятлар ҳаққында сөз болар екен, олардың басым көпшилигин елимиз шегарасына нызамсыз кирип келиў, ҳүжжетсиз аў мылтықларын сақлаў, урлық жынаятлары жүз бергенин көриўге болады. Мына жынаятқа нәзериңизди аўдарыўды мақул көрдик. Өзбекистан Республикасы Бас прокуратурасы жанындағы СВБЖЖДЛҚГ Департаменти Қарақалпақстан Республикасы районлық бөлими тәрепинен район орайы, Сметуллаев көшесинде жайласқан «GULPERI SULTANBEK-FARM» жеке меншик кәрханасы директоры Гүлбәҳәр Жоламанованың мүрәжатына тийкарланып өткерилген рейд нәтийжесинде, Самарқанд қаласында жайласқан «ORIYO-MEXR» ЖШЖ лаўазымлы шахслары Г.Жоламанованың жеке меншик кәрханасы менен дәри-дәрмақлар ҳәм медициналық буйымларды жеткерип бериў бойынша шәртнама дүзеди. Усы шәртнама тийкарында 95 түрдеги дәри-дармақты пул өткерип бериў жолы менен жеткерип бериўи керек болса, 15 түрдеги дәри-дармақларға 1.500 000 мың сум нақ пулға сатады. Департамент тәрепинен Самарқандлылар  5.545.314 сумлық дәри-дармақлар жазылған 1545-санлы қәлбеки счет-фактураны берген ўақтында усланды.

Бул жағдай бойынша «ORIYO-MEXR» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң жуўапкерли шахсларына  жынаят иси қозғатылған.

Қыңыр истиң қыйығы қырық жылда да әшкара болады екен.

Бундай қәте-кемшиликлерди халыққа кең түрде жәрия етиўимиздиң себеби, пуқараларды жынаятшылыққа басламаўға шақырсақ, және бир себеби ҳәзирги күнде исбилерменликке кең жол ашылып атыр. Исбилермен бол, ойлап табыўшы бол, нызам алдында ҳәмме теңдей, оның талапларынан қашып, урлық жолы менен алысқа бара алмайсаң, дегимиз келеди. 

 

Г.ДӘЎЛЕТМУРАТОВА